Cпорт беккем шаңарақ тийкары

Усы жылдың 30-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң спорт сарайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдың 18-декабрьдеги ПҚ-4063-санлы қарары менен тастыйықланған «2019-2020 жылларда жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап қуўатлаў ҳәм де олардың физикалық искерлилик дәрежесин асырыў ҳаққында»ғы ис илажлар дәстурине тийкарланып «Спорт беккем шанарак тийкары» ураны астында «Атам, анам ҳәм мен» атамасында спорт жарысы болып өтти.

Бул спорт жарысына ҳәр бир факультеттен қатнасқан профессор-оқытыўшылар өзлериниң шаңарақ ағзалары менен бирге қатнасып өз-ара беллести. Беллесиў басқышпа басқыш алып барылды.

I-басқышта «Жуўырыў, акробатика элементлери ҳәм топты нышанға тийгизиў».

II-басқышта «Шаққанлық ҳәм мергенлик» эстафетасы.

III-басқышта «Шебер ҳужимши».

IV-басқышта «Қаддимизди тик тутып секириўди баслаймыз».

V-басқышта «Тезлик эстафетасы».

IV-басқышта «Епшиллик эстафетасы».

VII-басқышта «Арқан тартыў».

Беллесиў дене мәденияты факультети профессор-оқытыўшылары тәрепинен жүдә қызғын ҳәм адалатлы алып барылды.

Жарыс соңында I ҳәм II орынларды Тәбияттаныў факультетинен Аташовлар ҳәм Хабибуллаевлар шаңарағы III-орынды Техника факультетинен Қосымбетовлар шанарағы қолға киритти.

Соның менен бирге Физика-математика факультетинен қатнасқан Алаўатдиновлар шаңарағы «Ең шаққан шаңарақ», Химия-технология факультетинен Өтепбергеновлар шаңарағы «Ең искер шаңарақ» номинация жеңимпазлары деп табылды.

Беллесиў даўамында I-II-III-орынды ийелеген жеңимпазлар хәм де номинация жеңимпазлары университет кәсиплик аўқамы тәрепинен диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.

 

Г.Гайыпназарова,

Техника факультети 3-курс студенти

Пайдалы дереклер