Елимиз тынышлығына арналған кеше

Тәбияттаныў факультетинде елимиз тынышлығына арналған кеше болып өтти. Кешени факультет деканы Я.Аметов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Кешеде Қарақалпақстан Республикалық руўхый ағартыўшылық орайының баслығы Қ.Юсупов, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикалық Қорғаныў басқармасы айрықша жағдайлар бойынша батальонының 1-бөлим командири, подполковник Ҳ.Убенов, 2-отряд командири орынбасары, аға лейтенант А.Жолдасбаев, Нөкис каласы Жоме Имам Ишан Мухаммед мешити имам орынбасары Қ.Турдымуратов шығып сөйлеп, ел тынышлығы барлық нәрседен үстем туратуғынлығы, жаслардың санасында бослық болмастан, жәмийетке қәўип салатуғын жат иллетлерге карсы болыў кереклиги, мәмлекетимизде жасларға жаратылған кең имканиятлардан дурыс пайдаланыў кереклигин түсиндирди.

Кеше соңында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

 

Жиенбаева Айгул,

Журналистика талим бағдары 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер