Заманлар жаратар шайыр дегенди…

Қойыў саялы тораңғыл астында туңғыш рет өз музасы  менен табысқан сөз зергери Ибрайым Юсуповтың аўылына ийилип келин болып түскеним ушын ба, бул юбилей мениң кеўлиме жǝне де ѳзгеше сезим уялатпақта. Ѳйткени, буннан бурын да шайыр дѳретиўшилигине арнап кѳп мǝрте шығарма жумысларын ҳǝм мақалалар жазғанман. Усы күнлерде жǝне оның қосықларының ҳаўазы қыялымда пǝрўаз етип жүргенимди ҳеш те жасырғым келмейди!

Халқымыз бул шайырды жоқары шыңларға көтериўине себеп ол қайталанбас тулға еди. Оның алтын сия менен жазылған ҳәр бир қосық қатарлары инсан жүрегинен терең орыналмастан басқа илаж жоқ.

Жазда қайырыңда ойнап қырғалақ,

Қыста музларыңда тептик сырғанақ,

Кекили гүзелген мойны ырғанақ,

Қара бала ядыңда ма, Кегейли?

Шайыр булл қосық арқалы өзиниң балалығын Кегейли суўлары бойларында өткергенин арадан қанша ўақыт өтпесин, балалығын ҳәр демде есине салып турыўшы туўылған аўылына деген сағынышқа толы сезимлерин қосық қатарларында баян етеди.

Инсан баласының қандай қыйын жағдайда да, тырна сыяқлы туўылған жери менен ата-мǝканын таслап кетпей оған садық қалатуғынлығын, Арал теңизи қурып, елде экологиялық жағдай тѳменлегеннен кейин, гейпаралар келгиндилер қусап «жыллыжақларға» кетеалмайтуғын усы елдиң турақлы ҳǝм садықтурғынлары тилинен жырлайды, лирик қаҳарман арқалы ишки кеширмелерин кѳркем  сѳз бенен ақ қағаз бетлерине тѳгеди.

Әл, ҳаўада қанатларын талдырып,

Жат мәнзилге сапар шеккен тырналар,

Айралық дәртинде бизди қалдырып,

Шадлығымды алып кеткен тырналар.

Қарақалпақ халқының миллий өзгешеликлерин, дүньяға көзқарасларын «Күншығыс жолаўшысына», «Ана тилиме», «Туўысқанлық», «Шөгирме», «Қобыз», «Бердақтың дуўтары», «Қара тал», «Кегейли», «Сексеўил» сыяқлы кѳп ғана қосықларында көриўимизге болады. Мысалы, «Суў бойында шайқатылған жаным, қара тал, маған бальзам, сен тымықты шақырған самал» деп таллар менен сырласады, қара талдың шыжғырған ыссыда самал шақыратуғын, шыпа бериўши емлик қǝсийетин қосыққа қосады. Қара тал – қарақалпақлардың миллий дарағы,оның емлик қǝсийетлери ерте заманлардан-ақ адамларға белгили болған. Буны шайыр жақсы билген. Соның ушын да «Билим қуўып мен қалаға сапар шеккенде, ҳақ жол тилеп аннам менен узатып сен де» қараталды анасы менен қоса сүўретлейди. Қарақалпақ ҳаялы ҳǝм қаратал – булар ажыралмас символикалық миллий белгилер десек алжаспайтуғын шығармыз.

Шайырды нағыз дослық жыршысы десек те болады. Оның «Өзбекстан», «Ўатан», «Хорезмге», «Шыбығы сынса шынардың…», «Қырғызларға», «Мен Абайды ядғабилген халықпан», «Тоқайға», «Мақтымқулының жолына», «Тынбай жамғыр жаўар Пярну жолында»…Бундай атамаларды тынбай даўам еттире бериў мүмкин. Шайырдың ҳәр бир қосық қатарларын келтирип өтсек, ол қосық қатарларын тәриплеўге қарақалпақ тилиндеги сөзлер де азлық етиўи мүмкин.

Шайырдың «Гилемши ҳаял ҳаққында ҳақыйқатлық» поэмасы дөретпелери арасында айрықша орында ийелейди. Себеби бунда туўысқан түркмен ҳаял-қызларының гилем тоқыў өнерине болған ықласын, өзине тән миллий өзгешеликлерин терең ашыў менен бирге, олардың кеўлиндеги арзыў-ǝрманларын шеберлик пенен   сүўретлейди. Шайырдың қайсы бир қосығын яки дөретпесин алып қарасақта бир-биринен тәсирли ҳәм мазмунлы.

Быйылғы жылы шайырдың 90 жыллық мерекеси пүткил республикамыз бойлап кең түрде белгиленип ѳтилип атырғаны тегиннен тегин емес, себеби ол шын мǝнисинде халық ушын жасап ѳткен ҳǝмѳз дѳретпелерин оның ийгилиги ушын, руўхы суў сынланыўы ушын арнаған терең илим-билимли, шайырлық талантқа ийе, жоқары мǝнеўиятлы, қаҳарман шайырымыз болып жасап ѳткен еди. Бизлерге усындай уллы шайырды берген заманымыздан шексиз миннетдармыз.

Себеби оның ѳзи айтқанындай, «Заманлар жаратар адам дегенди, адамлар жаратар заман дегенди»!

Гаўҳар Бегжанова,

Журналистика тǝлим бағдары 3-курс студенти.

 

 

 

Пайдалы дереклер