Президентимиздиң китапқумарлыққа бағышланған ийгиликли басламасы келешегимиз болған жаслардыӊ китапқа деген қызығыўшылығын арттырып, олардың руўхый дүньясын байытыўда өзиниӊ нәтийжесин көрсетип, жаслардыӊ әдебий китапқа деген, әдебиятқа деген қызығыўшылығын арттырмақта.
Сондай-ақ, жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў бойынша бирқанша илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтканда, «Өзим оқыған мектепке китап саўға етемен» акциясы шөлкемлестирилип, мектеп оқыўларына ҳәр қыйлы мазмундағы әдебий шығармалар саўға етилмекте.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Тарийх ҳәм ҳуқық факультети археология кафедрасыныӊ баслығы, тарийх илимлериниӊ кандиданты, доцент Саламат Сулайманов ҳәм «Зулфия» сыйлығының лауреаты Несибели Мамбетирзаевалар Кегейли районында өзлери оқыған 39-санлы улыўма билим бериў мектебине қарақалпақ, өзбек ҳәм дүнья жазыўшыларыныӊ әдебий шығармаларынан ибарат китаплар саўға етти.
Гулжайна Айназарова,
ҚМУ журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.

