Музейдеги көргизбе

Елимизде 9-май – улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсебети менен Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурамындағы Репрессия қурбанларын еслеў музейинде, музей хызметкерлери, Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери, Тарийх ҳәм хуқық факультети тарийх бағдары студентлери қатнасыўында  «Профессор Шәрип Бабашев Қарақалпақстанда екинши жер жүзлик урыс дәӯирин изертлеӯши» атамасындағы көргизбе шөлкемлестирилди.

Дәслеп қатнасыӯшылар музейде Шәрип Бабашевқа тийисли буйымлар, жеке өзи пайдаланылған затлар, оның екинши жер жүзлик урыс дәӯири ҳаққында шығарылған китаплары, илимий көркемлилик шығармалары, газета материаллары көрзизбесин тамашалады.

Буннан соң мәлимлеме-ресурс орайының 3-қабатындағы оқыў залында  жоқарыда аты аталған темада көргизбели сабақ өткерилди.

Көргизбели сабақты музей директоры т.и.к. доцент А.Қудияров алып барды.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы мәлимлеме-китапхана орайының  Үлкетаныӯ орайы секторының баслығы А.Халмуратова мәлимлеме-китапхана орайындағы екинши жер жүзлик урыс дәӯириндеги үлкемиз тарийхына тийисли китаплар, китапхана бөлимлери, мәлимлеме-китапхана орайының Ҳуқықтаныӯ секторының баслығы Н.Жуманиязова соңғы дәӯирдеги китаплардан  пайдаланыӯдағы өзгерислер ҳаққында қатнасыӯшыларға кең түрде айтып өтти.

Музей директоры А.Қудияров ҳәм музей хызметкери А.Алимбетовлар профессор Шәрип Бабашевтың Қарақалпақстанда екинши жер жүзлик урыс дәӯирин изертлеӯдеги илимий хызметлери, оның өмир жолы туӯралы кең түрде мағлыӯматлар берилди.

Бундай илажларды өткериўдеги тийкарғы мақсет – жасларды екинши жер жүзлик урыс дәӯири тарийхын тереңирек  билиўге, тарийхый ўақыяларға  дурыс баҳа бериўде, жасларды руўхый жақтан тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе болады деп ойлаймыз.

Аңсатбай Алимбетов,

музей хызметкери.

 

Пайдалы дереклер