Сөз зергери

(И.Юсуповқа)

Гөруғлыбек ғыйратындай зуўлаған,

Поэзия көгинде алғыр баз едиӊ.

Сени оқып жүрегимиз туўлаған,

Жас қәлемге зия, бир устаз едиӊ.

 

Жүрген жерде қәлемиӊнен дүр шаштыӊ,

Европаныӊ үлгилерин көп аштыӊ,

Сәўбетлестиӊ тилин таўып қураштыӊ,

Дүньяға бир келген өнерпаз едиӊ.

 

Атың белли сан мыӊ сонша халыққа,

Ким бар қәне, сеннен өте алыппа?

Тил киргиздиӊ ҳәтте қақпаш балыққа,

Әжайыбат толы алтын саз едиӊ.

 

Гә қуўанып илҳәм менен шағладыӊ,

Гә Арал деп жүрегиӊди дағладыӊ,

Поэзияныӊ гүл ашылған бағларын,

Жайнатып, жаснатар паслы жаз едиӊ.

 

ТашГУ деп Задаӊныӊ ышқын жырладыӊ,

Әййем «Шаш»та излеп талай зырладыӊ,

Гимн етип сап муҳаббат сырларын,

Мәтжановтан баслап жырлатқан едиӊ.

 

Қайсын деди: түрк пайғамбар өзиӊсеӊ,

Шыӊғыс: поэзияда өткир сезимсеӊ,

Журт айтысып сени тәриплеўинше,

Халқыӊныӊ батыры, сөйлер сөзисеӊ.

 

Пурсат келсе пайдаланып пайыттан,

Әжинияздыӊ қосықларын мен айтсам,

Ҳәп заматта бул дүньяға сен қайтсаӊ,

Устаз деп аяғыӊа жығылар едим.

Жахангер Искендеров,

журналистика қәнигелиги студенти.

Пайдалы дереклер