Курсласлар бир-бирин еслеп…(китапқа рецензия)

«Устазлар жолы – әпсана» атлы китап Нөкис мәмлекетлик педагогикалық   институты физика-математика факультетин 1958-1963-оқыў жылларында оқыған студентлер, жоқары билими, жақсы пазийлетлери менен халықтың ҳурметине   миясар болған инсанлар ҳаққында жазылған. Бул 3 китаптың биригиўи нәтийжесинде дөретилген. 1-китап, «Өрнекли өмир – өткиллери» деп аталып, онда А.Отаров, М.Наўрызалиева, Б.Жумамуратовлар ҳаққында очерк, эсселер шеберлик пенен жазылған. Ал 2-китап «Устазлық – мәртебе» деп аталып, ол институттың «Физика ҳәм мийнет» қәнигелигиниң «б» топары питкериўшилерине арналады. Солардан Х.Абдурзаков, К.Бекимбетова, М.Бекимбетовлар ҳаққында, сондай-ақ, бул топардың усы күнге жетип келе алмаған атлары мәңги ядымызда қалған инсанлар ҳаққында, дослар дийдары ыссы, яды уллы деп аталған бетинде жазып өтилген. Бул дослардың мийрим-шәпәәтли екенлиги бул жайы-жәннетли инсанлардың нәзерден шетте қалмағанлығы буның айқын дәлили. 3-китап «Бәримиз бир бақшаның гүлимиз» деп аталып, бул бөлимде П.Камалов, А.Ерниязов, И.Турманов, Б.Тилеубергеновлардың басып өткен жоллары сәўлеленген. Бул инсанлар 50 жылдан соң дийдар көрискен. Бир-бириниң той мерекелеринде қатнасып, ҳәтте ақлык-шаўлықларының атларын ойласып, кеңесип қояды.

Китап мазмуны жағынан ўақыяларға бай, студентлик тәкирарланбас дәўир, балалықтағы елес, бахытлы кекселик хәм өз күнделиклери ҳаққында сөз етилген. Және де хәр бир студент ҳаққында айрықша мағлыўматлар берилген. Китаптағы фото суўретлер, естелик болып китап бетлерин толтырып турғандай.

Китапты оқып болғанымыздан соң, ең алды менен ойыма: «… биз инсанбыз, туўыламыз, жасаймыз, ақ-қараны көремиз, күлемиз жылаймыз биреўлерди куўантамыз, кимниңдур көз жасына қаламыз. Өмир усылай ағын суўдай ағып, бәршемиз бул жақты дүньяны тәрк әйлеймиз. Жаслықтың, кекселик дәўирдиң өз алдына заўқы бар. Пидайы ақ-көкирек инсанлар хәзирде барма екен? – деген пикирлер келди.

Бул китаптағы «Жанғырык» эссеси, яғный Байрон Тилеубергенов ҳаққындағы сюжет менде өзгеше тәсир қалдырды. Туўысқанлық, татыўлық сыяқлы туйғыларды ядқа салды. Бундай китаплардың саны көбейе берсе, жаслар ушын үлги болары анық. Дөретпениң тили бәрше ушын тусиникли, көркем әдебий стильде жазылған. Қаҳарманлар ҳаққындағы мағлыўматлар да избе-изликте, шеберлик пенен берилген. Олардың минез-қулқы, басып өткен өмир жоллары толық ашып берилген. Бул әлбетте, авторлардың шеберлигинен дерек береди.

Китап авторларына терең миннетдаршылық билдиремиз.

 

 Сабурова Дилфуза,

Журналистика қәнигелиги

2-курс студенти

Пайдалы дереклер