Усы жыл 20-21-май күнлери Нөкис қаласында «Қазақстан билим күнлери» атамасында көргизбе болып өтеди. Илаж «Жаслар орайы»нда өткерилиўи режелестирилген болып, онда Қазақстанның 40 тан аслам жоқары оқыў орынлары делегациялары қатнасады.
Бул илажды өткериўден мақсет Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары арасында бирге ислесиўди раўажландырыўдан, сондай-ақ, өзбекстанлы жасларды Қазақстанның жоқары оқыў орынларында тәлим алыўға шақырыўдан ибарат.
Көргизбеде Қазақстанлы жоқары оқыў орынлары тәрепинен презентациялар шөлкемлестирилип, Қазақстандағы жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў бойынша кең түрде түсиниклер бериледи.
Илажға Қарақалпақстандағы бәрше жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери, профессор-оқытыўшылары, мектеп ҳәм лицей-колледж оқыўшылары, қызығыўшылар ҳәммеси қатнасыўына болады.
Дерек: Zaman.uz