Университетимиздиң Химия-технология факультети «Физикалық ҳәм коллоидлық химия» кафедрасының оқытыўшысы Р.Калимбетова Қоңырат районындағы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде илаж шөлкемлестирди.
Онда усы мектеп директоры Ф.Ергуланова, оқыў ислери бойынша директор орынбасары Д.Палўанов, мектептиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары Б.Бекбаўлиева, математика пәни оқытыўшысы Д.Қалжанова, химия пәни оқытыўшылары Л.Давленова, А.Рахметовалар ҳәм мектептиң жоқары класс оқыўшылары қатнасты.
Илаждың мақсети – «Полимерлер химиясы» пәнин заманагөй педагогикалық технологиялар тийкарында оқытыў ҳаққында мағлыўматлар бериў болып табылады.
Илажды мектеп директоры Ф.Ергуланова ашып берди ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде мектепте жаслар ушын жаратылған имканиятлар, усы имканиятлардан үнемли пайдаланып, химия пәни бойынша билимлер беллесиўи ҳәм пән олимпиадаларда жемисли қатнасып киятырған зийрек оқыўшылардың бүгинги күндеги ерисип атырған табыслары менен таныстырып өтти. Буннан соң, университеттиң «Физикалық ҳәм коллоидлық химия» кафедрасы оқытыўшысы Р.Калимбетова шығып сөйлеп, «Полимерлер химиясы» пәнине улыўма түсиник берип өтти.
Сабақ барысында оқыўшылар менен түрли интерактив ойынлар да ойналып, керекли билимлерге ийе болды.
Гөззал Жалғасова,
Химия-технология факультетиниң студенти.
