Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериў мақсетинде усы жылдың 7-май сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бөлими «Өзбекстан тарийхы» қәнигелигиниң 1-курс магистрантлары Бердақ миллий музейиниң экспозиция залында көшпели сабақ өтти.
Сабақта «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасының профессоры Бахыт Қощанов 1-курс магистрантларына «Өзбекстанда миллетлераралық қатнасықлар ҳәм толерантлық» пәнинен түсиниклер берип өтти.
Илаж даўамында олар Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасының тарийхы менен танысты. Сондай-ақ, елимиздиң раўажланыўы жолында үлкен хызметлер ислеген уллы ата-бабаларымыздың мәртликлери ҳаққында мағлыўматларға ийе болды.
Айшолпан Оразымбетова,
ҚМУ магистранты.
