Отлы сезим ҳәм йошлы қәлб ийеси

Бүгинги күнде елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басламасы менен илим жолында пидәкерлик пенен хызмет еткен алымлардың машақатлы мийнетлерин қәдирлеў ҳәм мүнәсип баҳалаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Усы көз-қарастан, илимге өзиниң өмирин, тәғдирин арнаған, оны жекке мәптен көре улыўмахалықлық мәп ушын хызмет етиўдей уллы мақсетлер жолында пидә еткен инсанлардың хызметлерин кең жәмийетшиликке, әсиресе, жасларға үлги тутыў үлкен  әҳмийетке ийе.

Усы жылдың 11-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Мәденият сарайында Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Бахтыяр Генжемуратовтың 60 жыллығына бағышланған «Отлы сезим ҳәм йошлы қәлб ийеси» атамасында әдебий әнжуман болып өтти.

Әнжуманды университетимиздиң ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шайыр Б.Генжемуратовтың туўылғанының 60 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң  қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан кейин Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов шығып сөйлеп, шайырдың дөретиўшилиги ҳәм оның қосықларының әҳмийетине тоқтап өтти. Сондай-ақ, профессор Қ.Оразымбетов «Лирикалық қаҳарманның кеўил әлеми» атамасында, доцент Ж.Сағыйдуллаева «Сөз қәдирин билген аламан ел болар…» атамасындағы илимий баянатлары менен қатнасты.

Әдебий әнжуманда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары М.Ҳошиматов, педагогика илимлериниң докторы, профессор Қ.Йўлдашев, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Г.Аннақлычева, мийнет ветераны Ү.Әширбеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, шайырдың бүгинги әдебий орнына жоқары баҳа берди.

Атап өтилгениндей, Бахтыяр Генжемуратов әдебият майданына шайыр сыпатында кирип келди. Оның терең мазмунға  қурылған бир қатар қосықларына әлле қашан намалар жазылып көп ғана белгили атқарыўшылардың сүйип атқаратуғын қосығына айланды. Шайырдың айырым қосықлары қазақ, рус, поляк, француз тиллерине де аӯдарылған.

Сондай-ақ, Б.Генжемуратов көрнекли шайыр болыў менен бир қатарда белгили илимпаз да есапланады. Ол 1997-жылы өзиниң илимий диссертациясын табыслы қорғап шықты, доцент илимий атағына ийе болды. Алым ҳәм педагог сыпатында 100ден аслам илимий мақалаларын, сондай-ақ, монографиясын, студент-оқыӯшылар ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларын баспадан шығарды.

Әнжуман соңында шайыр Б.Генжемуратов жыйналғанларға өз  миннетдаршылығын билдирди ҳәм шайырдың нама қосықларынан дүзилген әдебий-музыкалық концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер