Жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, университетимиз профессор-оқытыўшылары арасында дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, спорт жарыслары арқалы оларда өзиниң ерк-ықрарына ҳәм имканиятларына болған исенимин беккемлеўге, мәртлик, Ўатандысүйиўшилик, ана-Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Май айы – «Спорт айлығы» деп жарияланыўы мүнәсибети менен 10-11-май күнлери университеттиң ҳаял-қызлар профессор-окытыўшылары арасында спорттың стритбол түри бойынша жарыс өткерилди. Университетимиздиң барлық факультетлери ҳаял-қызлар профессор-оқытыўшылары арасында болып өткен жарыс жуўмағында Шет тиллери факультетиниң командасы жаслардан қалыспаған тәризде ойын алып барып, сыйлы 1-орынды ийелеп, жеңимпаз болды.
Биз де өз гезегинде факультетимиздиң профессор-оқытыўшыларын қолға киргизген жеңиси менен қутлықлап қаламыз.
Мухаббат Аметова,
Факультет ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеминиң жетекшиси.
