Ўатан-киндик қанымыз тамған ана жер ата-бабаларымыз, жатқан теберик топырақ. Әзел-әзелден Ўатанға муҳаббат садықлық оған болған қәдир-қымбат түсиниги қәлбимизде қәлиплесип келген. Ол кишкенелигимизден санамызға сиңип киятырған муқаддес түсиник. Ҳалқымыз бәрқулла Ўатан түсинигин барлық нәрседен үстин қойып келген. Биз тыныш ҳәм абат елде жасап атырмыз. Буның баслы себепшилери – Ўатан қорғаўшылары.
Ўатан қорғаўшысы деген атқа мүнәсип болып елимизди көз-қарашығындай қәстерлеп киятырған Ўатанымыздың мәрт әскерлери бар екен мәмлекетимиз тыныш турмысымыз пәраўан.
Студент-жасларға Ўатанға садықлық сезимди еле де жоқары түсиндириў мақсетинде университетимиздиң мәденият сарайында усы жылдың 17-май сәнесинде «Әскерий хизметлердиң мәнәуий бәркамал аўладты тәрбиялаўдағы орны ҳәм роли» атамасында республикалық илимий-әмелий конференция болып өтти.
Әнжуманды университетимиздиң Жаслар менен ислесиў бойынша проректоры О.Дуйсенбаев басқарып барды.
Илажда Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркәрдасы, полковник Д.Чориев, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биринши орынбасары Т.Романов ҳәм басқада жәмийетлик шөлкем басшылары өзлериниң баянатлары менен қатнасты. Буннан соң, конференция секцияларда өз жумысын даўам етти.
Күнниң екинши ярымында конференция қатнасыўшылары пайтахтымызда жайласқан Арқа-Батыс әскерий округине саяхат етти. Саяхат даўамында студент-жаслар әскерий хызметкерлердиң ҳәм қатардағы әскерлердиң турмыс шараятлары менен жақынна танысты. Университет жәмәәти округке китаплар саўға етти ҳәм әскерий хызметти өтеп атырған әскерлер менен студент жаслар өз ара векторина өткерди.
Буннан соң, округтиң «Офицерлер үйи»нде университеттиң «Жайҳун» студентлер театр студиясы «Көктеги әрман» спектаклин қойып берди.
Айнура Алишова,
Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.
