Жасларға жоқары билим алыў бойынша қаншелли көбирек жеңиллик ҳәм мүмкиншиликлер жаратылса, мәмлекет, жәмийет ҳәм пуқаралар да соншелли мәпдар болады. Себеби, раўажланыўдың тийкары – жоқары интеллектуал, кең көз-қарасқа ийе, Ўатанды сүйиўши жаслар есапланады.
Мәмлекетимизде билимлендириў тараўы раўажланған сайын жасларымыздың жоқары мағлыўматлы кәсип ийеси болыў ой-пикири өсип бармақта. Усылар ҳәм раўажланған сырт ел мәмлекетлериниң билимлендириў тараўындағы тәжирийбелерин үйрениў нәтийжелери жасларымызға және де кең мүмкиншиликлер жаратыў зәрүрлигин пайда етип атыр. Усыларды есапқа алған ҳалда бүгинги күнде жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы кириў системасын жетилистириў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары қабыл етилди.
Қарарда Президентимиздиң парламентке қылған Мүрәжатнамаларында атап өтилген ҳәм “2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын “Жәдел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы”нда әмелге асырыўға тийисли Мәмлекетлик бағдарламасы”нда өзиниң сәўлесин тапқан өзгерислер шеңберинде ислеп шығылған усыныслар, сондай-ақ, жетекши сырт ел мәмлекетлериниң тәжирийбелерин үйрениў нәтийжелери есапқа алынған.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында” ПҚ-4319-санлы қарары қабыл етилип, онда жоқары оқыў орынларының бакалавриатына кириў тест сынақларына бир қатар жаңалық ҳәм өзгерислер киргизилди.
Бириншиден, 2019-2020-оқыў жылынан баслап абитуриентлер мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға кириў ушын Мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Өзбекстан Республикасының Бирден бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы дизимнен өтеўи белгиленди.
Екиншиден, шөлкемлестириў тәреплериниң көп ўақыт ҳәм күш талап етиўи, абитуриентлер санының оғада көбейиўин есапқа алып жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаў бойынша кириў тест сынақларын июль-август айларында, 2018-2019-оқыў жылындағы тәжирийбеден келип шығып, үлкен сыйымлылықтағы имарат ҳәм залларда өткериўди даўам еттириў қарарда белгиленген.
Үшиншиден, усы оқыў жылынан баслап абитуриент бир ўақыттың өзинде 3 бакалавриат тәлим бағдарында (3 жоқары оқыў орынларында пәнлер комплексине сәйкес келетуғын жәми 3 бакалавриат тәлим бағдарында) таңлаўда қатнасыўы белгиленди. Бунда 3 тәлим бағдарын таңлаўда тест сынағы тапсырылатуғын пәнлер комплексиниң сәйкеслиги итибарға алынады. Сондай-ақ, бакалавриат тәлим бағдарларына тийкарғы орын берилиўи абитуриент тәрепинен белгиленеди.
Төртиншиден, қарарға муўапық, алдынғы оқыў жылларында билимлендириў мекемелерин тамамлаған абитуриентлерден тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем ис ҳақысының ярым есесине тең болған төлемди төлеў енгизилмекте (толық мәмлекетлик тәмийнатындағы жетим балалар, майыплығы болған абитуриентлер бундай төлеўден азат етиледи).
Бесиншиден, абитуриентке өзи дизимнен өтетуғын, турақлы жасап атырған жеринде ямаса басқа өзине қолайлы деп билген аймақта тест сынағында қатнасыў мүмкиншилиги берилиўи мүмкин.
Мәселен, абитуриент Тахтакөпир ямаса Мойнақ районынан болып, ол Ташкент мәмлекетлик техника университетине кириў ушын усы жердеги Мәмлекетлик хызметлери орайында дизимнен өткен болса, абитуриент тест сынағы ўақтында Ташкент қаласына барып отырмастан, Нөкис қаласының өзинде тест сынағында қатнасады. Көринип турғанындай, бул бириншиден, көп ўақыт, қаржы жумсалыўының, артықша аўерегершиликтиң алдын алады.
Алтыншыдан, абитуриенттиң тест сынағында топлаған баллары ҳаққындағы мағлыўмат тест сынағы өткерилген күнниң ертеңине, оның талабалыққа усынылғаны ямаса усынылмағанлығы бойынша белгиленген тәртипте тастыйықланған таңлаў нәтийжеси тест сынақларын өткериў процесси толық жуўмақланғаннан кейин бир ҳәпте мүддет ишинде Мәмлекетлик тест орайының рәсмий веб-сайтында жәрияланады.
Жетиншиден, үйренилген халықаралық тәжирийбелер нәтийжесине сүйене отырып соны айтыўға болады, көпшилик мәмлекетлерде абитуриент жоқары оқыў орынларына кириўде бир неше пәнлерден тест сынағын тапсырады.
Жасларымыз соңғы ўақытларда өзи таңлаған билим бағдарына тийисли пәнлерден жақсы таярланып, басқа улыўмабилим бериў пәнлерин “маған керек болмайды” деп есаплайды. Ал, бул жағдай билимлендириўде ҳеш ўақыт жақсылыққа алып келмейди. Себеби, жоқары дәрежеде раўажланып атырған мәмлекетке жетик кадрлар оғада зәрүр. Бул раўажланыўдың ең баслы талабы есапланады.
Усыларды есапқа алған жағдайда 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўынан баслап, тест пәнлери избе-излигин еки бөлимге бөлип, 1-бөлимге барлық тест тапсырыўшы абитуриентлер ушын мәжбурий 3 пән – ана тили (өзбек тили, рус тили, қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлерин, 2-бөлимге өзи тапсырып атырған тәлим бағдарына сәйкес еки пәнди киргизиў қарарда белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Жоқары оқыў орынларында билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм олардың мәмлекеттеги әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларда белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында”ғы 2018-жыл 5-июньдағы ПҚ-3775-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, шет тиллерин билиў дәрежеси бойынша тийисли сертификатқа ийе болған абитуриентлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилди.
Усы қарарда шет тиллерин билиў дәрежеси бойынша тийисли сертификатқа ийе болған абитуриентлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм 2019-2020-оқыў жылынан баслап жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўда миллий ҳәм де халықаралық баҳалаў система сертификатларын енгизиў, сондай-ақ, кириў тест сынақларында белгиленген жеңилликлерде (миллий ямаса халықаралық сертификатлар тийкарында имтиханларсыз максималл балл берилиўи) өз сәўлесин тапқан.
Бириншиден, 2019-2020-оқыў жылында шет тиллери тийкарғы пән сыпатында киритилген бакалавриат бағдарлары ушын миллий сертификат ямаса халықаралық имтихан системалары бойынша тилди билиў дәрежелери В2 ҳәм оннан жоқары дәрежеси белгиленеди.
Екиншиден, 2019-2020-оқыў жылында шет тиллери тийкарғы пән сыпатында киритилмеген бакалавриат бағдарлары ушын миллий сертификат ямаса халық аралық имтихан системалары бойынша тилди билиў дәрежелери В1 ҳәм оннан жоқары дәрежеси белгиленеди.
Үшиншиден, 2020/2021-оқыў жылынан баслап тест сынақларына (кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан) шет тили пәни киритилген барлық (тийкарғы ямаса тийкарғы болмаған пәнлер ушын) бакалавриат бағдарлары ушын миллий сертификат ямаса халықаралық имтихан системалары бойынша тилди билиў дәрежелери В2 ҳәм оннан жоқары дәрежелер енгизиледи.
Төртиншиден, Ташкент мәмлекетлик юридика университети ушын сертификат дәрежеси айрықша тәртипте белгиленеди.
Бесиншиден, 2019-жылға шекем Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен берилген миллий сертификаттың жеңилликлери, усы сертификатлардың әмел қылыў мүддети тамамланғанға шекем өз күшин сақлап қалады.
Алтыншыдан, 395-санлы қарарының қосымшасы, 3-бәнтинде сертификат сынақлары жуўмақлары бойынша ең жоқарғы баллдың кеминде 60 % ин топлаған шахсларға 2 жыл мүддетке бериледи.
Әлбетте, бул қарарлардың қабыл етилиўи жоқары оқыў орынларында қабыллаў процессин әпиўайыластырыў, тест сынақларының және де әшкаралығын, адалатлылығын тәмийинлеў, абитуриентлерге мүмкиншиликлер ҳәм жеңилликлер жаратыў ушын хызмет етеди.
Даўлетбай Кошкинбаев,
Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан
Республикасы бөлиминиң бас қәнигеси.