Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен “Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халықымызға хызмет етиўи керек” деп алға қойылған ҳәм бугин турмысымыздан барған сайын терең орын алып атырған бул принцип ўатанласларымыздың турмыстан разы болып жасаўына тийкар жаратпақта.
2017-жыл 11-сентябрьде жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасының “Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы нызамы талапларынан келип шыққан ҳалда мүрәжатларды кѳрип шығыў жуўмақлары бойынша анықланған тийкарғы кемшиликлерди шешиў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша бѳлимимиз тәрепинен бир қатар илажлар кѳрилди.
2019-жыл февраль айында Президентимиз қарары менен Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы, ўалаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы Халық қабыллаўханалары туўралы ҳәм де Ѳзбекстан Республикасы Президентиниң районларлар ҳәм қалалардағы Халық қабыллаўханалары ҳаққындағы режелар тастыйықланды.
“Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамының әҳмийети ҳәм нызамда белгиленген ўазыпалардың орынланыўының толық тәмийинлениўин жолға қойыў мәселелери бойынша 2018-жыл 28-декабрь күни университеттиң мәжилислер залында семинар шөлкемлестирилди. Ѳткерилген семинар протоколында белгиленген тапсырмалар бойынша ис-илажлар режеси ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.
Усы семинарда келтирилген мәселе бойынша тапсырмада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын толық тәмийинлеў жолға қойылмақта.
Сондай-ақ, усы жылдың басында университет тәрепинен 2019-жылда физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларының кѳрип шығыў нәтийжелерин ғалаба хабар қуралларында жарытыў ҳәм жәмийетшилик пенен жумыс алып барыў бойынша әмелге асырылатуғын ис-режеси ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.
Усы жылдың I шерегинде университетке 23 жазба мүрәжат келип тусти. Олардаң екиеўи контракт мәселеси, екеўи оқыў мәселеси бойынша, биреўи стипендия тѳлемлери ҳаққында, тѳртеўи ишки тәртип бойынша мәселелер, тѳртеўи жумысқа жайластырыў, екеўи контракт тѳлемлерине жәрдем, екеўи студент үстинен шағым, биреўи кафедра баслығы үстинен шағым, екеўи мағлыўмат алыў ушын ҳәм тағы басқа маселелер көтерилген.
Келген арзалардың ҳәммеси қадағалаўға алынды ҳәм ҳәр бир арзаның орынланыўы мүддети кешиктирилмеди.
Келген арзалардың 8 қанаатлантырылды ҳәм 12сине түсинтирилип, үш арза тийислилиги бойынша 5 кун муддеттен кешиктирместен Нѳкис қалалық ИИО ЖМБ баслығына жиберилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы арқалы 1 арза келип тускен болса, ал, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханалары ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти веб-сайти арқалы 8 мүрәжат, Өзбекстан Республикасы прокуратурасы арқалы 1, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесинен 3, туўрыдан туўры ректор атына 9 мүрәжатлар келип түсти.
Университетке келип түскен жазба ҳәм аўызеки мүрәжатларды анализлей отырып, сондай-ақ, мүрәжатлардың көбейиў себеплерин терең үйренип шығып, келешекте олардың санын азайтыў көзде тутылмақта. Ҳәр бир келген мүрәжатларға белгиленген жуўапкерлер ўақтында, нызамға муўапық, толық, қалыс ҳәм әдил түрде жуўап бериўи талап етилмекте.
Мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими.