Усы жылдың 17-май күни Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳуқықтаныў кафедрасы менен биргеликте шөлкемлестирилген университетимиздиң Юриспруденция қәнигелигиниң 3-курс студентлери Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы структуралық бөлимлеринде оқыў-әмелият практикасын өтеди.
Оқыў-әмелият практикасын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана хызметинен ҳәм Ҳуқықтаныў кафедрасынан жуўапкерли хизметкерлер ҳәм оқытыўшылар қатнасты.
Әлбетте, бундай илажлар студент-жасларда теориялық билимлерин еле де терең билиўде, оны әмелиятта қолланыў бойынша билим ҳәм көнликпелерин қәлиплестириўде өзиниң нәтийжесин береди.
И.Елмуратов,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасары.
