Жақында университеттиң юриспруденция қәнигелигиниң 3-курс студентлери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем-өнер музейинде көшпели сабақ шөлкемлестирилди.
Тийкарғы мақсет – ҳүрметли Президентимиз басшылығында 2019-жыл 19-мартта болып өткен видеоселектор мәжлисиниң 12-санлы баянламасы 10-бантинде белгиленген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў ҳәм Жоқары оқыў орынларында тарийх, архитектура, қурылыс бойынша әмелий сабақларды темаларға сай рәўиште тийисли орынларда өткериўден ибарат.
Көшпели сабақта «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасының доценти, тарийх илимлериниң кандидаты Қәллигүл Тәңирбергенова 3-курс студентлерине «Өзбекстанның жаңа тарийхы» пәнинен түсиниклер берип өтти.
Илаж даўамында олар Қарақалпақстан Республикасы халқының материаллық ҳәм руўхый мәденияты үлгилери менен менен танысты, бул бойынша баҳалы мағлыўматларға ийе болды.
Баспасөз хызмети.
