Кең түрде түсиниклер берилди

Усы жылдың 22-май күни Тарийх ҳәм ҳуқық факультетинде www.tadqiqot.uz порталының жетекшиси ю.и.к., доц. Ш.Файзиев тәрепинен tadqiqot.uz халықаралық миллий ҳәм шет ел илимий электрон журналлары презентациясы болып өтти.

www.tadqiqot.uz халықаралық илимий журналлары 2018-жыл 29- декабрьде 260/7-санлы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары Аттестация Комиссиясының докторлық диссертацияларының тийкарғы нәтийжелерин жәриялаӯ ушын усыныс етилген илимий журналлар дизимине киргизилген. Олар:

1) “Ҳуқуқий тадқиқотлар” журналы 
2) “Биомедицина ва амалиёт” журналы
3) “Ўтмишга назар” журналы
4) “Фалсафа ва ҳаёт” халықаралық журналы
5) “Ижтимоий тадқиқотлар” журналы
6) “Сўз санъати” халықаралық журнал 

7) “Политология” жөнелиси бойынша журнал
8) “Санъатшунослик” жөнелиси бойынша журналлары есапланады.

Семинарға Тарийх ҳәм ҳуқық факультетиниң профессор-оқытыӯшылары, магистрант ҳәм студент-жаслар қатнасып, қызықтырған сораӯларына жуӯаплар алды.

Халықаралық илимий-анализ мағлыӯмат базаларынан пайдаланыӯ ҳәм илимий мақалаларды излеӯ имканиятлары, Web of science хам Clarivate Analitics scopus базаларындағы импакт факторы жокары илимий журналларда мақала шығарыў талаплары менен таныстырды.

Семинар соңында Ш.Файзиев университеттиң халықаралық ҳәм илимий дәрежесин және де арттырыӯға өз үлесин қосыӯға таяр екенлигин айтып өтти.

И.Жоллыбекова,

Факультеттиң Илимий ислер бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер