«Өмир – заўқын арттырамыз!» сүрени астында «Жасаў ушын мыӊ бир себеп!» атамасында психологиялық акция болып өтти

Баслаўшы, университет психологының көрсетпесине бола, қатнасыўшылар, биринши доскаға келешектеги мақсетлерин реңли стикерлерге жазып тағып қойды, айрымлары мәнилерин  түсиндирип те өтти. Ал, екинши доскаға болса, шүкирлик сезимлери себеплерин жазып, базылары оған қысқаша түсиниклер берген ҳалда тағып шықты.  

1200 ден аслам студент-жаслар қатнасқан бул акция нәтийжелери талқылап үйренилгенде, шүкирлик себеплери жасларда – 18 процент; саламатлығы ушын-19 процент; ҚМУ студенти екенлигине-22 процент; ата-анасы аманлығына-36 процент; елимиз тынышлығы ушын-5 процент екенлиги анықланды. Мақсетлери болса тийкарынан -7 процент шет елге саяхат етиў; 16 процент магистратураға кириў; 19 процент жеке автомашина ийеси болыў; 23 процент жоқары лаўазымларда ислеў; 31 процент ата-анасына, халқына мүнәсип перзент болыў; 4 процент түрли себеплер екенлиги мәлим болды.

Акциядан күтилген мақсет – жаслар санасында бахытлы өмир ҳаққында психологиялық мотивацияни қәлиплестириў ҳәм күшейтиў,  стресс, унамсыз  ҳалатлардың алдын алыў ҳәм де жоғалтыў, пикирлеў қәбилетлерин раўажландырыў, шукирлик пенен жасаў сезимлерин арттырыўдан ибарат еди.  Биз ойлаймыз аз муғдарда болса да бул акция өз мақсетине еристи.

Акция 2019-жыл 25-май шемби күни университет психологы  босшылығында,  университет маденият сарайында саат 10-00 нан 15-00 ке шекем мазмунлы  ҳәм де музыкалы, көтеринки руўхта болып өтти.

Г.Реймбаева,

Университет психологы.

Пайдалы дереклер