Ҳақыйқый тарийхты билиў ҳәм өзлигимизди аңлаўда тарийхшы-алымлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар үлкен әҳмийетке ийе. Себеби, олар миллетке оның тарийхын көрсетип, дәлиллеп береди.
Жақында Өзбекстанның тарийхшы алымлары тәрепинен еки китаптан ибарат «Ўзбекистон тарихи (1917-1991 йиллар) фундаментал изертлеўи баспадан шықты. Қуўанышлысы усы китаптың жазылыўына университетимиздиң «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» кафедрасының профессоры Бахыт Қощанов та өз үлесин қосты.
Яғный, устазымыз Қарақалпақстанның Түркистан Республикасы, Қазакстан, Россия, Өзбекстан қурамындағы сиясий, жәмийетлик-экономикалық процесслери ҳәм мәдений турмысы ҳаққындағы бапларды жазып шықты.
Биринши китап 1917-1939-жыллар ўақыяларына бағышланған. Бул дәўирдиң тийкарғы өзгешелиги соннан ибарат, ҳәкимиятқа келген большевиклер инсаният тарийхында көлеми бойынша жүдә кең, нәтийжелери бойынша эң тартыслы эксперементти әмелге асырады.
Китапта екинши жәҳән урысы трагедиясы, тың жерлерди өзлестириў, репрессияның жаңа толқыны, дөретиўшилик жумыслар, пахта монополиясы, «қайта қурыў» сиясаты ҳәм басқалар орын алған.
Усы орында биз де устазымызды Өзбекстан Республикасы көлеминдеги фундаментал китапларда қатнасыўы менен қутлықлай отырып, оған алдағы жумысларында табыслар тийлеймиз.
Айшолпан Оразымбетова,
Журналистика қәнигелиги 1-курс магистранты.
