Усы жылдың 29-май сәнесинде 1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни»не бағышланып Қарақалпақ филологиясы факультети қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдарының 1-а топар студентлери менен биргеликте топар басшысы ҳәм профессор-оқытыўшылары Тақыятас районындағы 1-санлы Балалар үйине барып, ол жерде тәрбияланып атырған балаларға байрам илажын шөлкемлестирди.
Бундағы мақсет – елимиздиң ертеңги келешеги болған жас әўладты елге, халыққа меҳирли, садық инсан етип тәрбиялаўда, оларды ертеңги келешекке умтылдырып, өмирге деген қуштарлығын арттырыў ҳәм 1-июнь – «Халықаралық балаларды қорғаў күни» байрамында олардың кеўил-кейпиятын еле де көтериўден ибарат.
Илажда студент-жаслар тәрепинен балалар ушын арналған сахналық көринислер қойып берилди. Кишкене балалар менен сәўбетлесип, олар менен биргеликте ойынлар шөлкемлестирди. Сондай-ақ, балаларға арнап устаз оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар тәрепинен таярланған саўғалар апарылды. Кеше жүдә қызықлы ҳәм мазмунлы өткерилди.
Студент жаслар арасында усындай кешелерди турақлы түрде өткерип барыў бойынша тилек усыныслар билдирилди.
З.Жуманов,
Факультеттиң Жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.
