Жоқары билимлендириў мәкемелерине Мәмлекет хызметлери орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы арқалы ҳүжжет тапсырылғанында усы жыл питкериўшилерден ҳәм де майыплығы болған ямаса толық мәмлекетлик тәмийинлениўиндеги шахслардан төлем өндирилмейди.
Тест сынаўлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдыңғы жылларда билимлендириў мәкемелерин тамамлаған абитуриентлерден ен кем айлық ис ҳақының 50 проценти (101 мың 365 сум) муғдарында, Бирден-бир интерактив мәмлекет хызметлери порталы (my.gov.uz) арқалы болса усы төлемниң 90 проценти (91 мың 228 сум) төленеди.
Дерек:@huqiqiymalimleme