«Спорт айлығы» жуўмақланды

Жәмийетимизде бүгинги күни саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, оларда Ўатанды сүйиўшилик, Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириўге, сондай-ақ, жаслардың арасынан талантлы спортшыларды таңлап алыўға бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-марттағы «Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында мәмлекетлик басқарыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-марттағы «Өзбекстан спортшыларын 2020-жыл Токио қаласында болып өтетуғын 32-жазғы Олимпиада ҳәм 16-Паролимпиада ойынларына таярлаў ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы Пәрман ҳәм қарарлардағы белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 23-апрельдеги Баянламасы тийкарында 2019-жылдың май айы «Спорт айлығы» деп белгиленген еди.

Университетимизде студент-жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм спортқа қызығыўшылғын арттырыў мақсетинде  «Спорт айлығы» шеңберинде факультетлер арасында бир неше спорт жарыслары өткерилди.

Атап айтқанда, спорттың 17 түринен спорт жарыслары өткерилип, жарысқа университетимиздиң барлық факультетлеринен жәми 1745  студент жаслар қатнасты.

Қыз балалар ҳәм ерлер арасында өткерилген спорт жарысларында жеңимпаз болған факультетлер ҳәм студент-жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Сондай-ақ, жарыс даўамында «Ең көп спорт жарысларын өткерген факультет» номинациясы бойынша дене маденияты факультети, «Спорт жарысларына белсене қатнасқан факультет» номинациясы бойынша  физика-математика факультети ҳәм «Ең жақсы команда» номинациясы бойынша дене маденияты факультетиниң 1е топарлары сыйлықланды.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер