Университетимиз магистрантлары жеңимпаз болды

«Спорт-денсаўлық гиреўи» дегениндей, университетимиздиң магистрантлары оқыўдан бос ўақытлары спорттың бир неше түри бойынша шуғылланыўлар алып барады. Буның айқын мысалы ретинде, ҳәптениң ҳәр 2-4-6-күнлери университетимиздиң спорт сарайында спорттың мини футбол түри бойынша шуғылланыўлар алып бармақта ҳәм бул өз нәтийжесин берип келмекте.

 Усы жылдың 17-июнь күни пайтахтымыздағы Туран стадионында 30-июнь – «Жаслар күни» байрамы мүнәсибети менен «Жаслар келешегимиз» ураны астында спорттың мини футбол түри бойынша Нөкис қаласы 4-сектор аймағы жаслары арасында өткерилген жарыста Қарақаралпақ мəмлекетлик университети магистрантлары сыйлы I орынды ийеледи ҳәм жеңимпаз атанды.

Ерискен жеңиси менен университет магистрантларын қутлықлап, өз қатарлы теңлеслеримди спорт пенен шуғылланыўға шақырып қаламан.

Сәкен Сердалиев,

ҚМУ магистранты.

 

Пайдалы дереклер