Өз «МЕН»ине ийе болыў ҳәм өзиӊе болған баҳаны арттырыўдың айрым усыллары
❤Ҳәр дайым өзиңиз нени қәлеп атырғаныңызды анық билиң. (Алдыңызға анық мақсетлер қойың).
❤Өзгелер пикирине қулақ тутың, бирақ сонғы қарарды өзиңиз шығарың. (тәжирийбели инсанлардан мәсләҳәт, жол-жоба алың. Бирақ қарарды өзиңиз шығарың).
❤Ҳәр қандай жағдайда да Сизге руўхый ямаса физикалық басым өткизиўине жол қоймаң. (Буның ушын өз пикириңизге ийе болың, дослар арттырың).
❤Өзгелер Сизден қорқыўын емес, бәлким, ҳүрмет қылыўын тәмийинлең. (Буның ушын алды менен ҳүрметке ылайықлы болың, өзиңиз әтирапдағыларға ҳүрмет көрсетиң).
❤Өзиңизге, дене организмиңизге ҳәм өз жумысларыңызға талапшаң болың. (Библиотерапия ҳәм де спорт пенен мудам шуғылланың).
❤Өзгелер Сизден өрнек алатуғын дәрежеге ерисиң (мәнаўий дүньяңызды байытып барың)!
❤Материаллық жақтан да, мораллық жақтан да дүнья қарасыңыз бай болсын (буның ушын барқулла оқың, позитив жаңалықлар излең)!
❤Өзгелерди тыңлаўды, жақынларыңызға итибарлы болыўды үйрениң. Бул менен Сиз оларды ҳүрмет қылыўыңызды дәлиллеген боласыз.
❤Тәғдириңизди өзгелер қолына исенип тапсырмаң. Өз өмириңизге өзиңиз ийелик етиң, мудамы өз күшиңизге исениң.
❤Жасаўдан үлкен, киши, көплеген мақсетлериңиз болсын! (Ең қорқынышлы адам – бул мақсетсиз жасаған адам деген еди белгили қытай киноактёры Ж.Чан)
❤Ҳәр бир минутыңызды қәдирлең. Оны жеке раўажланыўыңыз жолында сарыплаң!
❤Үмитсизликке түспең. »ҮМИТ» бар екен »ИМКАН» таўылады.
❤ Күнделикли турмыста, орны менен юморлық сөзлерди қолланыўды умытып қоймаң!
❤ Бос ўақытларыңызды басқаларды өсек гәп-сөз етиўге сарыпламаң. Бул Сизиң өнип өсиўиңизден тоқтатады, абырайыңызды түсириўи де мүмкин. Оның орнына барқулла жаңа өнерлер (жасаў, соғыў, сызыў, қосық айтыў, тигиў ҳ.т.б) үйрениң!
❤ Шүкиршилик сезимлерин тәрк етпең, муқәддес диний китапларда айтылған бул сөзлерге итибар бериң «Егер сенде шүкираналық бар болса, оннанда зиядасын беремен, егер сенде шүкираналық жоқ екен, бар дуньяңда да берекет болмайды» .
P/s: Егер сиз аспанға,барлыққа қуўаныш, муҳаббат, бахыт, әўмет ҳәм раўажландыратуғын сөзлерди сигнал етип жиберсеңиз, сол сигнал өзиңизге күшейген тәризде материалласып, әмелге асып қайтып келеди, исениң. Дана халқымыздың «Нийетиң жолдасың» деген сөзлери бийкар айтылмаған-ғой!
Гулчехра Реймбаева,
ҚМУ психологи.