ҚМУда Германияның GIZ ҳәм Францияның «CIRAD» шөлкемлери менен семинар шөлкемлестирилди

Усы жылдың 19-июнь сәнесинде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң География ҳәм тәбийғый ресурслар факультети ҳәм Биология факультетлеринде Германияның Халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм Францияның «CIRAD» (Халықаралық аўыл хожалығы мәкемесин раўажлантырыў бойынша) шөлкеми менен биргеликте семинар болып өтти.

Семинар-тренингте География ҳәм тәбийғый ресурслар факультети ҳәм Биология факультетиниң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары, GIZ диң Өзбекстандағы қәнигеси Мухаббат Камалова ҳәм «CIRAD»  экспертлери Жан-Данель Сезаро, Одри Жоливо ҳәм Симон Тангурдулар қатнасты.

Семинарда Жан-Данель Сезаро өзиниң «Төменги Әмиўдәрья биосфералық резерватында экосистема эволюциясын карталастырыў», ал, Симон Тангурду болса «Экосистеманы функцияластырыў ҳәм өсимликлерди мониторинг қылыў» атлы темасында презентация иследи. Сезаро өзиниң темасында спутниклерден съёмка алыўда «LandSat» ҳәм «Spot 6» спутнигиниң сёмкаларынан пайдалантуғынлығын ҳәм булардың өзиниң функция ҳәм қәсийетлери ҳаққында түсиник берди. Алынған сёмканы ГИС программасы арқалы қайта ислеп карталастырыў бойынша да тоқталып өтти. Симон болса өсимликлерди дала әмелиятында мониторинг қылыўдың бир қанша усыллары ҳаққында мағлыўматлар берди. Және де, ол өсимликлерди классификацияға ажыратыў жоллары ҳаққында ҳәм өсимликлердиң характеристикасы ҳаққындағы мағлыўматты мобил қурылма арқалы ямаса интернет сайт арқалы табыў жолларын айтып өтти.

Семинар соңында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына экспертлерден жуўаплар алды. Илаж жуўмақланғаннан соң, мийманлар университеттиң ГИС орайы менен танысты ҳәм ол жердеги қәнигелер менен сәўбетлесип, төменги Әмиўдәря биосфералық резерваты ҳаққында пикирлер алмасты.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер