Усы жылдың 26-июнь күни Шет тиллери факультетин 1989-жылы питкериўшилердиң 30 жыллық ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени усы факультеттиң питкериўшиси, факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының доценти Д.Кубейсинова басқарып барды.
Ол өз сөзинде 1989-жылы Т.Г.Шевченко атындағы Нөкис мәмлектлик университети Романо-герман филологиясы факультетин 2 топар болып, улыўма 50 студент питкергенлигин, солардан ҳәзирги ўақытта марҳум болып кеткен 9 группаласларын еске алды.
Илажда топар басшысы Дж.Б.Абдиреймов шығып сөйлеп, оқытқан шәкиртлерин көрип, кеўли тасқанлығын ҳәм шәкиртлериниң өз кәсибиниң маманлары болғанынан қуўанышлы екенлигин билдирди. Соның менен бирге Шет тиллери факультетиниң деканы Дж.Қурбанбаев, оқытқан устазларынан Г. Тлеумуратов ҳәм Р.Рзаевалар шығып сөйлеп, кеше қанасыўшыларына ҳәм шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылығын билдирди.
Д.Кубейсинова,
Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының доценти.
