Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қабыллаў комиссиясы тәрепинен тест сынақларысыз абитуриентлерден айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар болып өтиўи белгиленген тәлим бағдарларына имтиханлар усы жылдың 25-июль сәнесинен басланды.
Бул имтиханлар: Вокал атқарыўшылығы; Сәз-әсбап атқарыўшылығы; Реңли сүўретлеў; Әмелий көркем өнер; Дене мәденияты (күндизги, сыртқы) тәлим бағдарлары белгиленген ҳәм оларда 25 июль – 8 август күнлери арнаўлы кесте тийкарында вокал атқарыўшылығы, сәз-әсбап атқарыўшылығы, сольфеджио, мусыка теориясы, сызыў, реңли сүўретлеў, композиция, жеңил атлетика, спорт ойынлары, гимнастика бойынша өткериледи.
26-июль күни өткерилген имтиханларға жәмийетшилик бақлаўды шөлкемлестириў мақсетинде халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң депутаты Бахыт Нарымбетов шақырылды. Буннан тысқары, университет жанындағы жәмийетлик кеңес ўәкиллери де қатнасты.
Имтихан процесиниң ашықлығын тәмийинлеў мақсетинде видео бақлаў шөлкемлестирилди ҳәм толық узатылып барылды. Нәтийжеде, имтиханларды абитуриентлердиң ата-аналары толық көрип барыў имканияты жаратылды.
Баспасөз хызмети.
