Нөкис қалалық Мәденият бөлими мәлим етип билдиреди. Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң 2019-жыл 4-сентябрь 290-санлы буйрығына тийкар 2019-жыл 14-сентябрь күни саат 10:00 де «Мукаррама Турғунбаева атындағы «Миллий ойын атқарыўшылары» Республикалық көрик-таңлаўының Нөкис қалалық басқышы болып өтеди. Таңлаўға қатнасыўды қәлетуғын талантлы студентлер усы жылы 14-сентябрь күни өзлери ҳаққындағы ҳүжжетлерди (Нөкис қаласы А.Тимур көшеси 125 а-жай) алып барыўлары тийис.
Таңлаўға төмендегише ҳүжжетлер қабыл етиледи:
1.Паспорт копия 2 дана
- Оқыў яки жумыс орнынан мағлыўматнама (объективка)
- Диплом копия 2 дана
4.(3×4, 2 дана 9×12 суўрет 2 дана)
- Оқыў яки жумыс орнынан мекеме басшысы тәрепинен қол қойылған, мөр менен тастыйықланған дөретиўшилик усыныснама
6.Таңлаяға қатнасыяшы ушын мағлыўматнама (резюме)
- Файл папка
Мағлыўмат ушын телефон: 97 787-15-28, 91 304-37-33