Жасларға тийисли мәмлекет сиясатын жетилистириўдеги ҳуқықый реформалар

Бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийет қурыўға, еркин базар қатнасықларына тийкарланған экономиканы раўажландырыўға, халық тыныш ҳәм абадан турмыс кешириўи ушын шараятлар жаратыўға, халықаралық шеңберде Ўатанымыздың мүнәсип орын ийелиўине қаратылған кең көлемдеги ис-илажлар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, халқымыздың 60 проценттен асламын қураўшы жасларды руўхый жетилискен ҳәм физикалық саламат, Ўатансүйиўши ҳәм пидайы етип тарбиялаў, олардың ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў бойынша да бир қатар реформалар әмелге асырылып атыр. Бул тараўда 2016-жылы 14-сентябрьде Өзбекстан Республикасының «Жасларға тийисли мәмлекет сиясаты ҳаққында»ғы нызамы қабыл етилди. Жоқарыдағы нызамның 3-статьясына көре, жасларға тийисли мәмлекет сиясаты дегенимиз, мәмлекет тәрепинен әмелге асырылатуғын ҳәм де жасларды социаллық тәрептен қәлиплестириў ҳәм олардың интеллектуал, дөретиўшилик ҳәм басқа бағдарлардағы қәбилетин жетилистириў ушын имканиятлар жаратылыўын көзде тутатуғын социал-экономикалық, шөлкемлескен ҳәм ҳуқықый ис-илажлар системасы болып есапланады. нызам менен жасларға тийисли мәмлекет сиясатының жаслар ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў, олардың өмири ҳәм денсаўлығын сақлаў, руўхый, интеллектуал, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық тәрептен жетилисиўине көмеклесиў, жаслар ушын ашық ҳәм сыпатлы билимлендириўди тәмийинлеў сыяқлы тийкарғы бағдарлары беккемлеп берилген.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын еле де раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының «Социаллық тараўды раўажландырыў» деп аталған бағдарында жасларға тийисли мәмлекет сиясатын жетилистириў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгиленген болып, физикалық саламат, руўхый ҳәм ақылый раўажланған, ғәрезсиз пикирлейтуғын, Ўатанға садық, турақлы турмыс көз-қарасқа ийе жасларды тәрбиялаў, демократиялық реформаларды тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетин раўажландырыў процессинде олардың социаллық жеделлигин арттырыў, орта-арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў орынларын питкериўшилерин жумысқа жайластырыў ҳәм де жеке исбилерменликке тартыўды мысал етсек болады.

Ҳәрекетлер стратегиясындағы жоқарыдағы ўазыйпаларды турмысқа енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жылы 5-июльдағы «Жасларға тийисли мәмлекет сиясаты нәтийжелилигин асырыў ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы искерлигин қоллап-қуўатлаў ҳаққыкда»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманға муўапық, жасларға тийисли мәмлекет сиясатын даўамлы ҳәм нәтийжели әмелге асырыў, жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын түптен реформа етиў мақсетинде Өзбекстан «Камолот» жаслар жәмийетлик ҳәрекети негизинде Өзбекстан Жаслар аўқамы шөлкемлестирилди. Жаслар аўқамы шөлкемлескен күн – 30-июнь сәнеси мәмлекетимизде – «Жаслар күни» сыпатында белгиленбекте. Соны айрықша айтып өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша Мәмлекетлик мәсләҳәтшиси – Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңеси баслығы өз лаўазымына көре Республикамыз Олий Мәжлиси Сенаты ағзасы есапланады.

Елимиз басшысы Шавкат Миромонович Мирзиёев 2017-жылы 19-сентябрьде БМШның 72-сессиясындағы баянатында бүгинги күнде инсаният тарийхындағы ең көп жаслар қатламы менен жасап атырғанлығымызды есапқа алып, планетамыздың ертенги күни, абаданлығы жаслардың қандай инсан болып жетилисиўине байланыслы екенлигин айтып өтиў менен бирге БМШның Жаслар ҳуқықлары ҳаққында халықаралық конвенцияны қабыл етиўди усыныс етти. Бул усыныс дүнья шерикшилиги тәрепинен унамлы қабыл етилди.

Жасларға тийисли реформалардың даўамы сыпатында мәмлекетимиз басшысының 2018-жылы 27-июньдағы «Жаслар – кележегимиз» мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилип, «Жаслар – келешегимиз» мәмлекетлик қоры шөлкемлестирилди. Бул тийкарда, 719 млрд сўмлық 4 633 бизнес жойбарлары әмелге асырылды. Аймақларда 125 «Жаслар мийнет гүзары», 19 «Жас исбилерменлер» коворкинг орайы, мәмлекетимиз социаллық турмысында жедел қатнасып, айрықша үлги көрсетип атырған жасларға  1 731 «Жаслар үйлери» қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Д.Лепесбаев, И.Раметуллаев.

Юридика факультетиниң 2-курс студентлери.

Пайдалы дереклер