Усы жылдың 16-сентябрь күни университет студентлери арасында «Коррупция келешек ҳәм жәмийетке қәўип» атамасында шығармалар таңлаўы өткерилди.
Таңлаўға барлық факультетлерден жәми 56 студент қатнасты. Таңлаў баҳалаў тәртиби бойынша студентлерге жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы И.Жуманиязов кең түрде түсиниклер берип өтти.
Таңлаў қатнасыўшылары сол ўақыттың өзинде 3 саат даўамында тема бойынша шығармалар жазды ҳәм бул төрешилер тәрепинен көрип шығылып, жеңимпазлар анықланды.
1-орынды қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 2-курс студенти Наўрызбаев Турдыбек, 2-орынды юридика факультетиниң 2-курс студенти Матякубов Сардарбек, 3-орынды математика факульетиниң 1-курс студенти Өмирбаева Гулхумарлар жеңип алды.
Жеңимпаз болған студентлер танлаўдың кейинги басқышына жоллама алды.
Патма Абдиразақова,
Руухыйлык бөлиминиң жаслар менен ислесиў бойынша методисти.
