Университет Мәлимлеме-ресурс орайында «Китаптан жақсы дос болмас» атамасындағы кѳргизбели-әдебий кеше болып ѳтти.
Кешени Мәлимлеме-ресурс орайының баслығы Н.Шаригатова ашып берди. Илажда Мәлимлеме-ресурс орайының бас китапханашысы, «Китапқумарлар» клубы жетекшиси Р.Қалмурзаева, қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары, «Китапқумарлар» клубының ағзалары қатнасты.
Кешеде филология илимлериниң кандидаты, доцент Жамила Сагидуллаева шығып сөйлеп, ѳз сѳзинде жасларды китапқумар болыўға, олардың бос ўақытларын мазмунлы ѳткериўлери ушын кѳбирек китап оқыўы, дүньяқарасының кеңейиўинде китаплардың тутқан орны, китаптан жақсы дос болмаслығы ҳаққында айтып ѳтти.
Әдебий кешеге ϴзбекстан Жаслар аўқамы Нѳкис қалалық кеңесиниң баслығы Парахат Қазақбаев қатнасып, белсенди клуб ағзаларын аўқамның кѳкирек нышаны менен сыйлықлады.
Кешеде көркем әдебий китаплар көргизбеси шөлкемлестирилип жәҳән, өзбек, қарақалпақ әдебияты бойынша 80 атамадағы китаплар жаслар нәзерине усынылды.
Турдыхан Абдуллаева,
Мәлимлеме-ресурс орайы хызметкери.
