Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдың 14-22-сентябрь күнлери аралығында Қазақстанның Нур-Султан қаласында спорт гүреси бойынша гезектеги жәҳән чемпионаты болып өткен еди. Бул жарыста университетимиздиң дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов 77 килограммға шекемги салмақ категориясында қола медалын қолға киргизиў менен бирге олимпиада жолламасын да жеңип алды.
Жақында Нөкис темир жол вокзалында спортшымыз Ж.Бердимуратов кең жәмийетшилик тәрепинен күтип алынды.
Күтип алыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов, ҚМУ ректоры А.Реймов, спортшының жақынлары, устазлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Мағлыўмат ушын, Қараөзек районында дүньяға келген Жалғасбай Бердимуратов бир неше жыл даўамында тренери Рустем Ерназаровтың қол астында спорттың гүрес түрлери менен шуғылланып келген. 2016-жылы Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алған ол университетимизге тест сынақларысыз қабыл етилген еди. Өткен жыллар ишинде Жалғасбай Өзбекстан сайланды командасы қурамында жоқары нәтийжелерди қолға киргизди. Атап айтқанда, быйыл 24-февральда Хорватияда өткерилген халықаралық турнирде жеңимпаз атанған болса, 15-18-июнь күнлери жаслар арасында Қытай Тайбэйиниң Тайчжун қаласында болып өткен Азия чемпионатында сыйлы екинши орынды ийеледи.
Баспасөз хызмети.
