Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-июльдеги ПҚ-3151-санлы «Жоқары мағлыўматлы қанигелер таярлаў сапасын арттырыўда экономика тараўлары ҳәм тармақларының қатнасын еле де кеңейтиў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университети Экономика факультетиниң студентлери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының мәжилислер залында тараў қәнигелери менен биргеликте ушрасыў болып өтти.
Мәжилисте студент-жаслар тараў қәнигелеринен салық тараўында болып атырған өзгерислер ҳаққында мағлыўматлар алды ҳәм оқыў жылы барысында турақлы түрде бирге ислесиў бойынша анық режелер дүзип алынды.
Бул дүзилген режениң орынланыўы бойынша студентлерге Салық басқармасы тәрепинен жуўапкер қәнигелер бириктирилди.
К.Қудияров,
Экономика факультетиниң илимий ислер
ҳәм инновациялар бойынша декан орынбасары.
