Хабарыңыз бар, ҳәр айдың соңғы ҳәптеси республикамыздың барлық жоқары оқыў орынларында «Руўхыйлық күнлери» деп белгиленди. Усы мүнәсибет пенен университетимиздиң санаат-технологиясы факультетиниң 1-рус ҳәм 1-б Жеңил санаат тәлим бағдары студентлери топар басшысы Р.Оразбаеваның басшылығында пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды.
Студентлер музейдиң қол өнерментшилиги, сүўретшилик ҳәм басқа да бөлимлерин тамашалап, экспонатлар ҳаққында көплеген мағлыўматларға ийе болды.
Музейде студентлер республикамызға белгили өнермент А.Нурумбетова ҳәм АҚШтан келген туристлер менен ушырасты. А.Нурумбетова музейдиң қол өнерментшилиги бөлиминдеги экспонатлар ҳаққында мийманларға ҳәм студентлерге жүдә қызықлы мағлыўматларды айтып өтти. Әсиресе, қарақалпақ кестешилик өнериниң шыңы болған «Көк көйлек»тиң дөрелиў тарийхы, ондағы реңлер ҳәм нағыслардың мәнилери, тигилиў техникалары мийманларда үлкен қызығыўшылық оятты.
– «Бүгинги музейге шөлкемлестирген саяхатымыз жүдә әжайып, тәсирлерге бай болды. Әсиресе, шебер өнермент апамыз А.Нурумбетова ҳәм оның шет елли дослары менен ушырасып қалғанымыздан жүдә қуўанышлымыз. Оннан жүдә көплеген қызықлы мағлыўматлар алдық. Тарийхымызға, миллийлигимизге болған қызығыўшылығымыз және де артты. АҚШлы туристлердиң бизиң университетимизге, әсиресе, биз оқып атырған қәнигеликке қызығыўшылық билдирип жыллы пикирлерин билдиргенинде жүдә толқынланып кеттим», – дейди ҚМУ студенти С.Пиржанова.
Бундай илажлардың шөлкемлестирилиўи жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде үлкен әҳмийетке ийе.
Гөззал Жалғасова,
Санаат-технологиясы факультети студенти.
