Концепция кең түрде додаланбақта

Бүгинги күнде мәмлекетимизде жоқары билимлендириў системасын реформалаўдың баслы бағдарларын белгилеў, заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый пазыйлетлерге ийе, еркин пикирлейтуғын жетик қәнигелер таярлаў процессин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, жоқары билимлендириўди модернизациялаў, алдыңғы билимлендириў технологияларына тийкарланған ҳалда социаллық ҳәм экономикалық тараўларды раўажландырыў баслы мақсетимиз есапланады.

Сонлықтан да, Өзбекстан Республикасы Президенти 2019-жыл 8-октябрь күнги «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманын тастыйықлады.

Мине, усы Концепцияда көрсетилген ўазыйпаларды кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде университетимиздиң барлық факультетлеринде түсиндириў илажлары алып барылмақта.

Өткерилген илажларда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы Пәрманы менен тастыйықланған Концепциясында төмендегише тийкарғы стратегиялық ўазыйпалар көзде тутылған. Яғный, жоқары билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке шерикшиликти раўажландырыў, аймақларда мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынлары жумысларын шөлкемлестириў тийкарында жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежесин 50 проценттен асырыў, тараўда саламат бәсекилик орталығын жаратыў; Өзбекстан Миллий университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин мәмлекетимиз жоқары билимлендириў орынларының флагманына айландырыў; республикамыздағы кеминде 10 жоқары оқыў орынларын халықаралық дәрежедеги шөлкемлер (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education яки Academic Ranking of World Universities) рейтингиниң биринши 1 000 орындағы жоқары оқыў орынлары дизимине, солардан, Өзбекстан Миллий университети ҳәм Самарқанд мәмлекетлик университетин биринши 500 орындағы жоқары билимлендириў орынлары дизимине киргизиў; жоқары билимлендириў орынларында оқыў процессин басқышпа-басқыш кредит-модуль системасына өткериў ҳәм басқа да әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип өтилген.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер