Жәҳән бириншилиги жеңимпазлары мүнәсип күтип алынды

Алдын хабар бергенимиздей, усы жылдыңусы жылдың 11-13-октябрь күнлери Ташкент қаласында спорттың самбо гүреси бойынша жаслар арасында жәҳән бириншилиги болып өткен еди. Бул жарыста университетимиздиң дене мәденияты факультетиниң  1-курс студенти Гулсимай Бегдуллаева 44 килограмм салмақта 3-орынды, ал, университет сыртқы бөлими дене мәденияты қәнигелигиниң 1-курс студенти Индира Елмуратова 64 килограмм салмақ категориясында 2-орынды ийелеген еди.

Бүгин Нөкис темир жол вокзалында спортшыларымыз Г.Бегдуллаева ҳәм И.Елмуратовалар кең жәмийетшилик тәрепинен күтип алынды.

Күтип алыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлигинен, университет басшылығынан, спортшының жақынлары, устазлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер