#Мини_футбол  Чемпионат жеңимпазлары анықланды

Пайтахтымызда спорттың мини футбол түри бойынша Қарақалпақстан чемпионаты жуўмақланып, жеңимпазлар анықланды.

Өткерилген жарыста министрликлерде, мәкеме ҳәм кәрханада ислеўшилер арасында дене тәрбия менен спортты кеңнен үгит-нәсиятлаўда, оларды турақлы шуғылланыўға тартыўда қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетти. Кескин беллесиўлер астында өткерилген жарыс мийнет жәмәәтлери арасында айрықша қызығыўшылық оятты.

Қарсылас Әжинияз атындағы НМПИ командасы үстинен 7:3 есабында жеңиске ерискен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы жарыста үшинши орынды ийеледи. Жеңимпазлық ушын Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги менен Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы командалары майданға түсти. Өзлериниң шырайлы ойынлары менен көзге түскен  Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы командасы 7:6 есабында  жеңиске еристи.

Усы жылдың 17-октябрь күни университеттиң спорт сарайында жарыс жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байныязовлар жарыс­қа белсене қатнасқанлары ушын бәршеге миннетдаршылық билдирип, қолға киргизген жеңислери менен қутлықлады.

Жарыста жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер