Жақында ҚМУ академиялық лицейинде физика факультетиниң физика тәлим бағдары әмелиятшылары тәрепинен «Жас физиклер» кешеси шөлкемлестирилди.
Кешени өткериӯден мақсет – академиялық лицей оқыӯшыларының интеллектуал билим дәрежесин сынақтан өткериӯ ӽәм физика пәниниң әӽмийетин оқыӯшыларға көрсетиӯ болды.
Кешени лицейдиң анық пәнлер бөлими баслығы А.Дәлибаев ашып берди.
Сондай-ақ, кешеде университет профессор-оқытыӯшыларынан психология ҳәм педогогика пәни оқытыӯшысы Ж.Асаматдинова, физика пәни оқытыӯшылары Н.Айтымбетов, Б.Мадаминов, М.Абдуллаевлар қатнасты.
Кешеде лицейдиң анық пәнлер бағдарынан 101-топар «Инерция», 103-топар «Темурбек издошлари», 103-топар «Бургутлар», 201-топар «Еврика» ҳәм 202-топар «Ерудит» командалары қатнасты.
Кешеде топарлар төмендеги шәртлер бойынша өз-ара беллести:
- Физика пәни бойынша теориялық сораӯ-жуӯап;
- Физика пәни бойынша мәселелер шешиӯ;
- Логикалық сораӯ-жуӯап шәрти;
- Үйге тапсырма (Физика пәни бойынша қызықлы тәжирийбелер ямаса еркин тема) шәрти.
Кеше жуӯмағында психология ҳәм педогогика пәни оқытыӯшысы Ж.Асаматдинова шығып сөйлеп, кеше ҳаққында өз пикирлерин билдирди. Кеше соңында 2-курслар арасында 201-топар «Еврика» ҳәм 1-курслар арасында 101-топар «Инерция» командалары оқыӯшылары жеңимпаз болды. Жарыс жуӯмағында болса топарлар сыйлықланып, жеңимпаз командаларға саӯғалар тапсырылды.
Айдос Матмуратов,
Физика қǝнигелигиниң 4-курс студенти.
