Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең – ана тилим!

Қаракалпақ мәмлекетлик университети мәлимлеме ресурс орайында өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 30 жыллығына бағышланып өткизилген әдебий кеше мине усылай аталды.

Өткерилген илаж «Китапкумарлар» клубы ағзалары тәрепинен шөлкемлестирилди. Тил миллет көрки, тил – қарым қатнас қуралы. Кешеде шығып сөйлегенлер өзбек тилиниң миллет раўажланыўындағы орны ҳаққында сөз етти.

Инсан жаратылыста бир-бири менен қарым-қатнасы тили арқалы орынлайды. Сонлықтан да, тилди катнас қуралы деп атайды. Инсаният раўажланыўы барысында ҳәр қандай басламаны да тил арқалы орынлап келген. Илимпазлардың пикирине сүйенетугын болсақ, тил үш ўазыйпаны орынлайды: өзиңди танытыў, дүньяны таныў ҳәм басқарыўда ең жақсы көмекши.

Университет мәлимлеме-ресурс орайында шөлкемлестирилген «Китапқумарлар» клубы шөлкемлестирилгенине көп болмаған болса да, жас китапқумарларды бирлестириўге ериспекте. Олар биргеликте оқыған китаплары бойынша пикир алысыў, сәўбетлесиўлер, әдебий кешелер шөлкемлестириўди режелестирип келмекте. Мине, усындай және бир әжайып кеше өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилиўиниң 30 жыллығына арналды. Кеше «Тарийхымсаң, тәғдиримсең, келешегимсең –ана тилим!» деп аталып, оған белгили тилши-алымлар мирәт етилди.

Кешеде университет басланғыш ҳаял-қызлар шөлкеминиң баслығы, филология илимлериниң кандидаты, доцент Инжайым Сейтназарова шығып сөйлеп, жыйналғанларға мәмлекетлик тил статусының әҳмийетин түсиндирди ҳәм байрам менен жыйналғанларды қутлықлады. Илажда клуб ағзалары тәрепинен таярланған әдебий көркем композиция ана тилиниң қүдирети ҳәм қымбаты туўралы түсиник оятты.

 Илаж жуўмағында клубтын белсенди ағзаларына гуўалықлар ҳәм жаслар аўқамы ағзасы белгилери тапсырылды. Кешениң мазмунлы өтиўине журналистика тәлим бағларының 1-курс студентлери белсендилик көрсетти. «Китапқумарлар» клубы жумыслары ҳәр ҳәптениң жума күнлери турақлы жумыс ислейди. Китап пенен дос боламан, илим ҳәм билим аламан деген жасларды клубқа ағза болыўға шақырамыз!

Маўленкулова Салтанат,

Журналистика тәлим бағдарының 1-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер