Экономика факультетиниң 1 а менеджмент тәлим бағдары студентлери «Пән, билим ҳәм өндирис» интеграциясын әмелге асырыў мақсетинде «Бизнес орталығы: теория ҳәм әмелият» пәнинен «Исбилерменлик тийкарлары: идеядан амелиятқа» темасы бойынша экономика кафедрасы үлкен оқытыўшысы Бахтияр Қалмуратов басшылығында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасында әмелий сабақ өткерилди.
Сабақ барысында студентлер Саўда-санаат палатасының қәнигелери менен биргеликте әмелият пенен жақыннан танысты.
Буннан тысқары студентлер Саўда-санаат палатасы қәнигелери менен ушырасып, жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша, «Start-up» бағдарламалары бойынша да түсиниклер алды.
Қ.Нурманов,
Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.
