Саўда-санаат палатасында әмелий сабақ шөлкемлестирилди

Экономика факультетиниң 1 а менеджмент тәлим бағдары студентлери «Пән, билим ҳәм өндирис»   интеграциясын әмелге асырыў мақсетинде «Бизнес орталығы: теория ҳәм әмелият» пәнинен «Исбилерменлик тийкарлары: идеядан  амелиятқа» темасы бойынша экономика кафедрасы үлкен оқытыўшысы Бахтияр Қалмуратов басшылығында Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы Басқармасында әмелий сабақ өткерилди.

Сабақ барысында студентлер Саўда-санаат палатасының қәнигелери менен биргеликте әмелият пенен жақыннан танысты.

Буннан тысқары студентлер Саўда-санаат палатасы қәнигелери менен ушырасып, жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыў бойынша, «Start-up» бағдарламалары бойынша да түсиниклер алды.

Қ.Нурманов,

Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер