Талабалар турар жайында профилактикалық илаж өткерилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев өз шығып сөйлеўлериниң биринде: «Халықтан келип түсип атырған мүрәжатлардыӊ 70 процентин ҳаял-қызлардан келип атырғанлығын айтып,  көп жерлерде ҳаяллардыӊ аўҳалы жүдә аўырлығын айтып өтти. Ҳаял-қызлар арасында өз жанына қаст етиў жағдайлары жыл даўамында емес, саат сайын өсип атыр» деп келтирип өткен еди.

Мине, бундай унамсыз ўақыялардың алдын алыў мақсетинде университетимизде студент-жаслар арасында ҳәр қыйлы профилактикалық илажлар әмелге асырылып келинбекте.

Университетимизде оқып атырған ҳәр бир студент биз устазларға олардың ата-анасы тәрепинен бизлерге аманат. Студент-қызларымыз арасында өмир жолында алданып қалыў, өз жанына қаст етиў ҳәм натуӯры жолларларға кирип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде Нөкис қаласы ИИБ профилактика инспекторы М.Смайлов пенен улыӯма биология ҳәм физиология кафедрасының жаслар менен бирге ислесиў бойынша жуўапкери оқытыўшы менен биргеликте усы жылдың 9-октябрь куни 4-санлы талабалар турар жайындағы студент-қызлар менен саӯбетлесиў кешесин өткерди.

Илажда Нөкис қаласы ИИБ профилактика инспекторы М.Смайлов ҳәзирги ўақытта дүнья жүзинде тийкарғы машқалаға айланған адам саўдасы, күш ислетиў менен қорқытыў ямаса басқа да унамсыз түрлеринен пайдаланып, қуллыққа яки қуллыққа уқсас әдетлерди пайда етиӯ глобал машқалаға айланғанын айтып өтти. Адам саӯдасы тийкарынан мүтәжликтен келип шығып, шет еллерде  жумыс ислеӯ мақсетинде өзиниң турақлы жасап атырған жеринен басқа мәнзилге барыӯ ҳәм бул мийнетлерин нызамлы түрде қорғалмағанлығының ақыбетлеринде жүз беретуғынлығын айтып өтти.

Және де, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жинаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында бирге ислесиў ҳәм олардың алдын алыў, коррупцияның жәмийет раўажланыўына тәсири оның аўыр ақыбетлери бойынша айтып өтти. ИИБ профилактика инспекторлары студент-жасларға ҳәзирги күнде жаслар арасында ушырасып атырған жынаятшылықлар ҳәм ҳуқықбузарлықлардың көпшилиги жаслар тәрепинен әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Олар өз сөзлери жуўмағында студент-жасларға ҳәзирги күнде ҳәр қандай жынаят жазасыз қалмаўы ҳаққында толық түсиндирип өтти.

Сондай-ақ, шығып сөйлегенлер жасларды тәртипли, билимли болыўға шақырып, республикамыздың социаллық-экономикалық раўажланыўы ушын келешекте кәмил инсанлар болып жетилисиўлерине өз тилеклерин билдирип өтти.

И.Арепбаев,

Улыӯма биология ҳәм физиология кафедрасының жаслар

менен бирге ислесиӯ ислери бойынша жуӯапкер оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер