Усы жылдың 25-октябрь күни Санаат технологиясы ҳәм архитектура факультети студент-жаслары арасында «Интернет тармағындағы информациялық қәўиплерге қарсы гүресиўде интернет – мәдениятының әҳмийети» атамасында ушырасыў болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары министрлиги Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының баслығы Т.Баекеев, усы басқарманың қәнигеси А.Жуматов, санаат-технологиясы факультетиниң деканы Р.Қурбаниязов, архитектура факультети деканы ў.ў.а Б.Қыдырбаев ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажды архитектура факультети деканы ў.ў.а Б.Кыдырбаев ашып берди ҳәм басқарып барды. Онда сөзге шыққанлар интернет ҳәм социаллық тармақлар, ондағы түрли мазмундағы жаңалықлар, интернеттен дурыс пайдаланыў мәденияты ҳаққында студент-жасларға кең түрде мағлыўматлар берип өтти.
«Бүгинги күнде интернет турмысымыздың бир бөлегине айланып үлгерди. Республикамыз ҳәм шет еллерде жүз берип атырған жаңалықлардың дерлик көпшилик бөлегин интернет тармақлары арқалы билемиз, оның қолайлықлары жумысларымызды жеңиллетиўде ҳәм ўақтымызды тежеўде қол келмекте. Тилекке қарсы, интернеттен надурыс пайдаланып ҳәр түрли ағымларға кирип кетип атырған жасларымыз да жоқ емес.
Ҳүрметли жаслар! Интернет ҳәм социаллық тармақлардан мәдениятлы пайдаланыўымыз, еситкен ҳәм көрген информацияларымыздың жақсы ҳәм жаман тәрепин айыра билиўимиз тийис. Себеби, ондағы ҳәмме мағлыўматларды да дурыс деп айта алмаймыз. Сизлерден бос ўақытларыңызды бийкарға, керексиз сайтларға ўақыт сарыпламастан мәмлекетимизде жүз берип атырған реформаларға белсене қатнасыўға, жәмийетлик белсендиликке шақырып қаламыз.
Ш.Мусиров,
Факультеттиң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.
