#Сайлаў_2019   Сайлаў нызамшылығы түсиндирилди

Усы жылдың 28-30-октябрь күнлери Ташкент ўәлаятының  Бостанлық районында жайласқан «Жаслар» дем алыў орайында «Jas saylawshilar.uz» атамасында оқыў-семинары шөлкемлестирилмекте.

Бу оқыў-семинарға университеттиң юридика факультетинин студентлери Б.Юлдашев ҳәм Ш.Жангибоевлар қатнаспақта.

Оқыў-семинар жумысына Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиянын баслығы М.Абдусаломов, Өзбекстан жаслар аўқамы Орайлық Кеңесинин баслығы А. Саъдуллаевлар қатнасты.

Өткерилген илаж даўамында жаслардың сайлаў нызамшылығы, сайлаўға қатнасыў қағыйдаларына тийисли билимлерин беккемлеў бойынша әмелий сабақлар өтилди.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары.

 

Пайдалы дереклер