Усы жылдың 25-октябрь күнги университет Мәлимлеме-ресурс орайыныӊ «Китапқумарлар» клубында өткерилген илаж усылай аталды.
Байрам кешесинде Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети 4-курс студентлери мийманда болды. Әдебий кешеден «Китапқумарлар» клубында жумыс алып барып атырған көркем оқыў дөгереги китап презентациясы ҳәм инглис тили дөгереклериниӊ таярлаған жумыслары орын алды.
Илажда қарақалпақ халқының уллы жазыўшысы Т.Қайыпбергеновтыӊ «Қарақалпақнама» роман-эссеси ҳәм өзбек модернизм әдебиятыныӊ ири ўәкили Назар Ишанқулдыӊ «Қара китап» шығармаларына презентация исленди.
Илаж жуўмағында белсенди китапқумар жасларға «Китапқумарлар» клубыныӊ ағзалық гуўалығы тапсырылды. Бундай илажлар ҳәр ҳәптениӊ жума күнлери турақлы өткизилип барылады.
Барлық студент-жасларды «Китапқумарлар» клубына мирәт етемиз. Ол жерде тек әдебий шығармаларды оқып қоймастан, оларды талқылаў, инглис тилине аўдарыў ҳәм презентация ислер имканиятларына ийе боласыз, сондай-ақ, клубта қәбилетли жаслар ушын «Сахна ҳәм көркем оқыў» дөгереги жумыс алып барады.
Салтанат Мауленкулова,
Журналистика тәлим бағдары 1-курс студенти.
