Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети қурылыс ҳәм экономика факультети профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жасларыныӊ қатнасыўында «Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниӊ алдын алыў» атамасында илаж шөлкемлестирилди.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң инспекторы А.Байжанов, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан Республикасы кәсиплик аўқамы Кеӊесиниң шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Г.Илмурадова, Нөкис қаласы ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының инспекторы, капитан Б.Нурыллаевалар қатнасды.
Баянатшылар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 30-июльдағы «Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасыныӊ мийнет ҳәм халықтыӊ бәнтлиги ҳаққындағы миллий Нызамшылық ҳәм де балалар мийнетиниӊ аўыр формаларына жол қоймаслық ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў бойынша қабыл етилген халықаралық ҳуқық нормаларыныӊ орынланыўы ҳаққында кеӊ түрде мағлыўматлар берип өтилди.
Ушырасыў саўал-жуўап тийкарында өткерилип, студент-жаслар өзлерин қызықтырған саўалларына қәнигелерден жуўаплар алды.
С.Нурниязов,
Қурылыс факультетиниң жаслар менен бирге
ислесиў бойынша декан орынбасары.
