Дыққат, таңлаў!

Өзбекстан Жаслар аўқамы менен биргеликте зийрек жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Интелектуал жаслар – Ўатанымыз келешеги” атамасында зийрек студентлер, магистрантлар, докторантлар ҳәм жас алымлар ортасында жылдың ең жақсы мақаласы таңлаўы өткерилиўи режелестирилген.

Сол себепли, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети студентлери ҳәм жас алымлар өз мақалалары менен таңлаўда 2019-жыл 12-ноябрь сәнесине шекем қатнасыў имканиятларына ийе.

Мақала илимий журналлар талабына жуўап бериўи шәрт. Яғный: Microsoft Word да, 14 шрифтде, 5-6 бет көлеминде, 1,0 интервальда таярланыўы ҳәмде алдын баспадан шығарылмаған болыўы керек. Мақала менен биргеликте автордың 4х5 өлшемдеги сүўрети, илимий басшысы ҳаққында мағлыўматлар, кафедра протоколы ҳәмде мақалаға пикирлер менен биргеликте усынылады.  

                              Мағлыўмат ушын телефон: (861) 223-60-62

Пайдалы дереклер