ҚМУда «Ноябрь семинары» мәжилиси болып өтти

Усы жылдың 15-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы көлеминдеги таяныш жоқары окыў орынларынан бири саналған Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы, оның Қарақалпақстан бөлими ҳәм илимий изертлеў институтлары, Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынларында илимий ҳәм илимий-педагогикалық искерлик пенен шуылланып атырған илим докторлары, профессорлар қатнасыўында «Ноябрь семинары» мәжилиси өткерилди.

Илажды ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы, академик Н.Аимбетов басқарып барды.

Бул семинар мәжилисин өткериўден тийкарғы – мақсет елимизде илим ҳәм билимлендириў тараўында кейинги ўақытларда алып барылып атырылған реформалар, солар қатарында, жақында ғана қабыл етилген «Илим ҳәм илимий искерлик ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының мазмуны ҳәм оның мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының илимий искерлик саласындағы ис-илажларын әмелге асырыўдағы ролин кең түрде талқылаў, сондай-ақ, Қарақалпақстан алымларының илимий искерлигиниң ең соңғы жетискенликлерин кең жәмийетшиликке таныстырыў ҳәм бул бағдарда өз-ара тәжирийбе алмасыў болып есапланады.

Онда Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының президенти, академик Б.Юлдашев жыйналғанларға мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен кейинги үш жылдан асламырақ ўақыт ишинде, илим ҳәм де билимлендириў саласына деген жоқары итибары ҳәм ғамхорлығы, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тәлим ҳәмде илим тараўы ўәкиллериниң изертлеў жумысларын еле де жетилистириў, тараў хызметкерлерин социаллық жақтан қоллап-қуўатлаўды еле де күшейтиў мақсетинде алып барып атырған реформалар жөнинде айтып өтти.

Атап айтқанда, илимий дәреже ҳәм де атақларға ийе болған жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң айлық ис-ҳақыларының бир неше есе арттырылыўы, илимий-изертлеў жумыслары нәтийжелерин әмелиятқа енгизиўди хошаметлеў, усы арқалы жәмийетте илимий искерликтиң роли ҳәм әҳмийетин асырыўға қаратылған қатар шөлкемлестириў ис-илажлары буған айқын мысал бола алады. Соның менен бирге, жақында ғана «Илим ҳәм илимий искерлик ҳақкында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының қабыл етилиўи бул әмелге асырылып атырған нәтийжели жумысларға беккем ҳуқықый база болып хызмет етпекте ҳәм бул басланған ислер, әлбетте, келеси ўақытта өзиниң унамлы нәтийжелерин бериўине беккем исеним билдиремиз.

Семинар мәжилисинде Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм алымлары белсене қатнасып, өз пикирлери ҳәм усынысларын семинар шөлкемлестириўшилерине билдирип өтти.

Семинар жоқары шөлкемлескенлик пенен ҳәм сораў-жуўаплар тәризинде өткерилди.

Кайрат НИЗАМАТДИНОВ,

ҚМУ илимий изертлеўлер, инновациялар ҳәм илимий

педагог кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы.

Пайдалы дереклер