Бүгинги күнде жоқары оқыў орынларында тәлим процесси менен биргеликте илимий искерликти де жүргизиў үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан да, жоқары оқыў орынлары педагог кадрлары тийисли бағдарларда илимий искерлик пенен шуғулланыўлары тийис.
Усы мақсетте Қарақалпақ мәмлекетлик университети шет тиллер факультети инглис тили ҳам әдебияты кафедрасында профессор-оқытыўшылар, биринши ҳәм екинши басқыш магистрантлары қатнасыўында Өзбестан Мәмлекетлик Жәҳән тиллери университети профессоры, филология илимлериниң докторы Д. Тешабоева менен семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда профессор Д.Тешабоева 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың 5 баслы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында илимди раўажландырыўға айырықша итибар қаратылғанлығын, жоқары билимлендириў системасында бүгинги күнде илим менен шуғулланыўдың әҳмийети ҳаққында айтып өтти. Сондай-ақ, тиллерди салыстырмалы үйрениўдиң актуаллығы ҳаққында кеңнен түсиниклер берди. Жокары билимлендириў системасын раўажландырыў, жокары окыў орынларынан кейинги тәлим системасын, Илимлер академиясы искерлиги, илимий-изертлеў жумысларын раўажландырыў бойынша қабыл етилген норматив ҳуқуқый ҳүжжетлер, илимий искерликтиң раўажланыўы бағдарындағы нызамшылық системаларын беккемлеўде үлкен әҳмийет атқаратуғынлығын айтып өтти.
Профессор-оқытыўшылар ҳәм магистрантлар илим менен шуғылланыў барысында өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Д.Бадирова,
Инглис тили ҳәм әдебияты кафедрасының ассистенти.